SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиал студентлери жаслар фестивалына белсенди қатнаспақта » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиал студентлери жаслар фестивалына белсенди қатнаспақта
Филиал студентлери жаслар фестивалына белсенди қатнаспақта
Алдын хабар бергенимиздей, филиал студент-жаслары Республикамыз бойлап көтериңки руҳта өткерилип атырған «Жаслар ҳаўазы» фестивалы бағдарламасы шеңбериндеги илажларда белсенди түрде қатнаспақта. Атап айтқанда, кеше пайтахтымыздағы манеж спорт комплексинде шөлкемлестирилген спорттың мини футбол ҳәмде волейбол түрлеринен өткерилген спорт жарысларында қатнасты. Сондай-ақ, филиал студентлери тәрепинен жаслар фестивалы шеңберинде филиал турмысын сәўлелендириўши көргизбе шөлкемлестирилди. Онда тийкарынан студент-жаслардың жетискенликлери көргизбеге қойылды. Соның менен бирге қәбилетли студентлеримиз тәрепинен көргизбени тамашалаўға келгенлерге жанлы ҳаўазда қосық айтып берилди ҳәм оларға жоқары кейпият бағышлады. Бул илажлардан соң Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында болып өткен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» фестивалының ашылыў мәресими ҳәм гала-концертин тамаша етти. Соны айрықша атап өтиўимиз орынлы, филиал директоры А.Есимбетов барлық илажларда студент-жаслар менен биргеликте қатнасты. Әҳмийетлиси, филиал студентлери күн даўамында позитив кейпият пенен фестивалда белсенди түрде қатнасты.