Студентлер жаслар фестивалы шеңберинде жүгириў марафонында қатнасты
Бәршемизге белгили Республикамыз бойлап «Жаслар ҳаўазы» фестивалына старт берилди. Бүгин Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының студентлери “Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!” сүрени астында өткерилип атырған жаслар фестивалының бағдарламасы шеңберинде жүгириў марафонында қатнасты. Филиал директоры А.Есимбетов бул марафонда қатнасқан студентлерди қоллап-қуўатлап турды. Сондай-ақ, марафонға барлық жоқары оқыў орынларының студентлеринен тысқары белсенди жаслар, мәҳәлле жаслары да қатнасты. Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратов студент-жаслар менен биргеликте марафонда қатнасты. Филиал студентлери Қарақалпақстан Республикасында “Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!” сүрени астында өткерилип атырған жаслар фестивалының бағдарламасы шеңберинде белсенди қатнасыўға таяр екенлигин билдирди. Күн даўамында олардың кейпияты жоқары болады деп ойлаймыз. Жүгириў марафоны көтериңки руҳта болып өткенлигин атап өтиўимиз орынлы болады.
скачать dle 12.1