SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиал студентлери Бозатаўда жаслар фестивалына қатнасты » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиал студентлери Бозатаўда жаслар фестивалына қатнасты
Филиал студентлери Бозатаўда жаслар фестивалына қатнасты
Бәршемизге белгили, Республикамызда 7-10-июнь күнлери аралығында «Жаслар ҳаўазы» фестивалы болып өтиўи режелестирилген. Бүгин Бозатаў районында жаслар фестивалына старт берилди. Оқыў-методикалық бөлими баслығы Г.Хожаметов басшылығында жәми 11 студент филиал студентлери фестивалда қатнасыў ушын Бозатаў районына жетип барды. Барлық қатнасыўшылар Бердақ бағында күтип алынды. Филиалымыздың зийрек студентлери З.Пердебаев ҳәмде С.Утегеновалар “МY5” (Менинг юртим) телеканалының репортёрына сол жерден турып өзлериниң тәсирлери ҳаққында интервью берди. Филиал студентлериниң жаслар фестивалынан алған тәсирлери камера объективине мөрленгенлигинен биз қуўанышқа бөлендик. Қызықлы бағдарламаларды өз ишине алған бул фестивал шын мәнисте жаслардың қәлбине гирбиңсиз елеслер менен мөрленип қалыўына исенемиз. Бозатаў районында фестивал шеңберинде дөретиўшилер менен ушырасыўлар, ҳәр түрли көргизбелер, спорт жарыслары өткерилиўи режелестирилген. Мағлыўмат ушын соны айрықша атап өтиў керек, районның амфитеатрында бүгин Bo‘zatov FESTтиң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтеди. Филиал студентлери Бозатаў районындағы арнаўлы фотосүўретлерди бизлер менен бөлисти. Төменде бул сүўретлерди көриўиңизге болады. Студентлер «Жаслар ҳаўазы» фестивалында белсенди түрде қатнасыўға ҳәрекет қылады.