SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI«Қутлы қоныс» МПЖның ҳаял-қызлары ушын саяхат шөлкемлестирилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Филиал директоры А.Есимбетов «Қутлы қоныс» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыў өткерген ўақтында тарийхый орынларға саяхат шөлкемлестирип бериўди атап өткен еди. Усы мақсетте мәҳәлледеги “Темир дәптер”ге киргизилген ҳәмде нәгиранлығы бар перзенти болған ҳаял-қызларға Хожели қаласындағы Миздахкан комплексине саяхат шөлкемлестирилди. Бул саяхатқа оқыў-методикалық бөлими баслығы Г.Хожаметов, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, филиал баспасөз хаткери З.Хожамуратова ҳәмде басқа хызметкерлер барды. Мәнзилге жетип барғаннан соң Г.Хожаметов ҳаял-қызларға зыярат қылыў қағыйдалары ҳәм нелерге итибар қаратыў керек екенлигин түсиндирип өтти. Саяхатшылар даслеп Мазлумхан Сулыў мақбарасына текшелер арқалы түсип, мавзолей менен жақыннан танысты. Г.Хожаметов бул жердиң тарийхы ҳаққында толық түрде айтып берди ҳәм қосымша тәризде халық аўзындағы қызықлы аңызларды келтирип өтти. Буннан соң Халфа Ережеп, Шамун наби мақбарасы да зыярат етилди. Буннан кейинги мәнзил болса Гәўир-қала болды. Бул жердиң тарийхы да Г.Хожаметов тәрепинен баян етилди. Ең тийкарғысы мәҳәллениң ҳаял-қызлары саяхат даўамында көплеген қызықлы мағлыўматларға ийе болды. Ҳаўа райының ыссы екенлигине қарамай шөлкемлестирилген бул саяхат бир дүнья тәсирлерге бай болды десек асыра айтқан болмаймыз. «Қутлы қоныс» мәкан пуқаралар жыйыны филиал жәмәәтине әжайип саяхат ушын терең миннетдаршылығын билдирди. Олардың қуўанышқа бөленген көзлери фотосүўретлерге мөрленди.