SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер “Қарақалпақбалықсанаат” ЖШЖ кәрханасында әмелият өтеп атыр » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Филиалдың 2-курс студентлери ушын 6 ҳәптелик дала әмелияты шөлкемлестирилгенлигин хабар берген едик. Зооинженерия: Балықшылық қәнигелигинде билим алып атырған студентлер әмелият өтеў ушын шәртнама тийкарында әмелият басшысы А.Жолдасбаев пенен биргеликте “Қарақалпақбалықсанаат” ЖШЖ ке жиберилди. Кәрхана баслығы А.Ж.Бекниязов филиал студентлерин қарсы алып, олар менен ашық сәўбетлесиў алып барды. Ол сәўбетлесиў даўамында төмендеги сөзлерди айтып өтти: “Сизларге студент емес, бизлер ушын зәрүр болған болажақ жас қәнигелер сыпатында қарайман. Алты ҳәпте зәрүр болған көнликпелерге ийе болыўыңыз ушын жеткиликли мүддет деп ойламан. Расын айтқанда ериншеклерди унатпайман. Барлық ўақыт белсенди болың! Бул жердеги ҳәр бир минутыңыздан үнемли пайдаланың. Бақлаң, үйрениң, излениң! Тийкарғысы бул жерге тек келип-кетиў ушын ўақтыңызды бийкарға өткермең. Қәнигелеримиз тәрепинен сизлерге зәрүр болған барлық көнликпелер берип барылады”. А.Бекниязов студентлерге толық түсиниклерди бериў менен бирге оларға мотивация беретуғын сөзлерди айтып өтти. Буннан соң олар кәрхана искерлиги менен алдыннан таныс болғанлығы себепли дәрҳал жумыска кирисип кетти. Атап айтқанда, студент жигитлер ҳәўизге түсип балықларды тутыў менен шуғылланған болса, студент қызлар оларды санаў менен бәнт болды. Бул балықлар буйыртпа берген хожалықларға жеткерилип бериледи екен. Оларды шеттен бақлап турып, өзимде жүдә заўықландым. Әмелият усындай қызықлы тәризде алып барылса студентлер шын мәнисте өзлеринде зәрүр билим ҳәм көнликпелерди пайда етеди деп үмит етемиз. Белгиленген ўақыт даўамында олар “Қарақалпақбалықсанаат” ЖШЖ искерлигин жәнеде жақыннан үйренип, өзлери де жумыс процесинде тикеллей қатнасады. Келешекте бул студентлер ҳақыйқый қәнигелер сыпатында өз искерлигин усы жерде алып барса әжеп емес. Бизлердиң мақсетимиз де соннан ибарат. Филиал директоры айтып өткениндей әмелият даўамында студентлердиң әмелий көнликпелерге ийе болыўы жүдә әҳмийетли саналады.