SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIБалаларға байрам саўғалары тапсырылды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Усы жылы 1-июнь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ҳәмде Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов Нөкис қаласы “Гүлзар” мәҳәллесинде жасайтуғын кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери соның менен бирге нәгиранлығы болған балалардан хабар алып, 1-июнь “Халықаралық балаларды қорғаў күни” байрамы мүнәсибети менен оларды қызғын түрде қутлықлап, байрам саўғаларын тапсырды. Атап айтқанда, М.Хожабаев, М.Есемуратов ҳәмде Р.Аяпбергеновлардың үйине барып, балаларға байрам кейпиятын инәм етти. Әлбетте, ҳеш бир бала итибардан шетте емес. Олардың гирбиңсизлиги алдында бас ийгиң келеди. Олар кишкене болса да кеўили кең, қәлби пәк. Байрам қутлықлаўларын ҳәм саўғаларын алған балалардың қуўанышын көрип ерксиз түрде бизде тәсирлендик. Филиал жәмәәти бириктирилген мәҳәллелер менен бирге ислеў системасы тийкарында жумысларды әмелге асырыўда өз белсендилигин көрсетпекте. Бүгин болса сол мәҳәллелердиң биринде жасайтуғын балалардың шадланыўына себепши болды. Ең тийкарғысы олардың ата-аналарының ақ пәтиясын ҳәм алғысларын алыўға мияссар болды.