Филиал оқытыўшысы халықаралық илимий-әмелий конференцияға қатнасты
Туркменстан аўыл хожалығы институты ҳәмде Самарқанд ветеринария медицинасы институты "Арал теңизи қурыўының ақыбетлериниң алдын алыў ҳәм Арал теңизи регионындағы аўыл хожалығы жерлериниң мелиоратив жағдайын жақсылаўдың ең әҳмийетли ўазыйпалары” темасында видеоконференция байланысы арқалы халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти. Бул конференцияға Туркменстан аўыл хожалығы институты ҳәм Самарқанд ветеринария медицинасы институтының профессор-оқытыўшылары қатарында филиалдың «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистенти, аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы (PhD) А.Торешова белсенди түрде қатнасты. Илаж басында Самарқанд ветеринария медицинасы институты илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры А.Даминов өз сөзинде барлық қатнасыўшыларды қутлықлап өтти. Соның менен бирге институттың Халықаралық байланыслар бөлими баслығы И.Бутаева конференцияның әҳмийети ҳаққында тоқталып өтти. Атап өтиў орынлы, «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистенти, аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы (PhD) Амина Торешова “Қарақалпақстан шараятында жергиликли ешкилерден жедел усылда гөш жетистириў технологиясы” темасы бойынша баянат жасады. Усы орында атап өтиўимиз тийис, филиал профессор-оқытыўшылары тәрепинен таяныш оқыў орны менен өз-ара бирге ислесиў байланысы жақсы жолға қойылған. А.Торешова "Арал теңизи қурыўының ақыбетлериниң алдын алыў ҳәм Арал теңизи регионындағы аўыл хожалығы жерлериниң мелиоратив жағдайын жақсылаўдың ең әҳмийетли ўазыйпалары” темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференцияға онлайн тәризде өз баянаты менен қатнасыў менен биргеликте көплеген мағлыўматларға ийе болғанлығын атап өтти.

Аўдарған:Замира Елмуратова ҚМУ студенти
скачать dle 12.1