Филиал студентлери музейге саяхат етти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Зооинженерия:Балықшылық қәнигелиги 2-курс студентлери топар басшысы Б.Кунисов басшылығында пайтахтымыздағы Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейине саяхат қылды. Филиал студентлери музейдеги экспонатларды қызығыўшылық пенен тамашалады. Бәршемизге белгили, Студент-жаслардың мәнәўиятын жәнеде жетилистириўде ҳәм миллий қәдириятларымызды олар арасында кең тәризде енгизиўде музейлер айрықша орын тутады. Сол себепли студент-жасларды өтмишимиз ҳәм тарийхымыз бенен жәнеде жақыннан таныстырыў ушын усындай саяхатлар шөлкемлестирилип келинбекте. Б.Кунисов басшылығындағы нәўбеттеги саяхат заўықлы тәризде болып өтти. Студентлер музейдеги бийбаҳа экспонатлар менен танысып, қызығыўшылық пенен тамаша етти. Студентлер арасында миллий өзлигимиз ҳәм мийрасларымызға болған ҳүрметти қәлиплестирип барыўда әҳмийетли саналатуғын бундай саяхтлар даўамында филиал студентлери көплеген керекли мағлыўматларға ийе болады. Зооинженерия:Балықшылық қәнигелиги 2-курс студентлери музейди тамашаў менен бирге естелик ушын бул мәўритлерди сүўретлерге мөрледи. Улыўмаластырып айтқанда бүгинги шөлкемлестирилген саяхат студентлерде унамлы тәсирлерди қалдырды.
скачать dle 12.1