SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIЖоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри филиал директорын туўылған күни менен қутлықлады » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри филиал директорын туўылған күни менен қутлықлады
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри филиал директорын туўылған күни менен қутлықлады
Бәршемизге белгили, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов 25-май күни пайтахтымыздағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебине барып Президентимиздиң мектеп питкериўшилерине жоллаған қутлықлаўы жеткерилди ҳәмде питкериўши жасларға үлкен табыслар тиледи. Бул байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Муратбай Жуманов ҳәмде жоқары оқыў орынларының баслықлары қатнасты. Қуўанышлысы министр илаж жуўмағында филиал директоры Адилбай Есимбетовты туўылған күни менен қутлықлады ҳәмде жумысларында тасқын табыслар тилеп, өзиниң жақсы тилеклерин билдирди. Абдуқодир Тошқулов тәрепинен көрсетилген бундай ҳүрмет ҳәм итибардан А.Есимбетов қуўанышқа бөленди. Өз орнында филиал директоры министрге қутлықлаў ушын өз миннетдаршылығын билдирди. Сондай-ақ, қалған жоқары оқыў орынларының баслықлары туўылған күн ийесин қутлықлап, өзлериниң тилеклерин билдирди. Министрдиң Қарақалпақстандағы ЖОО ректорлары ҳәм директорларына болған ҳүрмети ҳәм жақсы мүнәсибети айқын сезилди. Еслетип өтемиз, 24-май А.Тошқулов Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстандағы барлық жоқары оқыў орынларының баслықлары менен ашық сәўбетлесиў өткерип, бул жердеги ЖОО ректорларының (директор) кеңесин шөлкемлестириўди усыныс етти.