Питкериўши жасларға Президент қутлықлаўы жеткерилди
Бүгин Республикамыздағы мектеплерде питкериўши жаслар қатнасыўында «Соңғы қоңыраў» илажалры болып өтпекте. Филиалдың Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов Тақыятас районындағы ХББ не қараслы 5-санлы улыўмабилим бериў мектебине барып, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими Тақыятас бөлими бас қәнигеси О.Артиков пенен биргеликте мектепте шөлкемлестирилген соңғы қоңыраў кешесинде қатнасты. Байрам илажын мектептиң Руўхый-ағартыўшылық бойынша директор орынбасары С.Матниязова кирис сөзи менен ашып берди ҳәм питкериўши жасларға өзиниң жақсы тилеклерин билдирди. Буннан соң А.Каниязов сөзге шығып, үлкен мақсетлерди гөзлеп, үлкен өмирге қәдем қойыў карсаңында турған питкериўши жасларды қызғын түрде қутлықлады. Сондай-ақ, Ҳүрметли Президентимиздиң мәмлекетимиздиң мектеп питкериўшилерине жоллаған қутлықлаўын жасларға кең тәризде жеткерип бериўге ҳәрекет қылды ҳәмде қутлықлаўдағы сөзлерди төмендегише келтирип өтти: “Исенимим кәмил, жаңа Өзбекстан шараятында, заманагөй раўажланыў талаплары тийкарында тәлим-тәрбия алған жас әўлад ўәкиллери сыпатында ҳәммеңиз мәмлекетимиз, халқымыз тәрепинен жаратылған имканиятларды қәдирлеп, олардан жәнеде нәтийжели пайдаланасыз”. Илаж мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жоқары кейпиятта даўам етти. Әлбетте, Президентимиз айтып өткениндей, ҳәр бир питкериўши келешек ийелери сыпатында желкесиндеги жуўапкершиликти терең сезинип, берилип атырған имканиятлардан үнемли пайдаланыўға ҳәрекет қылады деп үмит етемиз. Байрам илажы жуўмағында 5-санлы мектебиниң питкериўши жасларына олардың устазлары ҳақ жол тиледи. Буннан соң питкериўшилердиң гимнине айланған “Хайр мактабим” қосығы жаңлады. Пәрўаз етиўге қумар қарлығашлар қәлбинен гирбиңсиз сезимлер өткенлиги анық.



Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1