Бүгин туўылған күн
Бүгин Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы директоры Есимбетов Адилбай Тлепович дүньяға келген күн!
Адилбай Есимбетов 1978-жылы 25-майда Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районында туўылған. 1999-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин биология бағдары бойынша тамамлаған.
Филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде барлық хызметкерлер сизди ҳүрмет пенен бүгинги туўылған күниңиз бенен қызғын қутлықлайды! Сизге саў-саламатлық, шаңарағыңызға аўызбиршилик ҳәмде мәретебеңиз буннан да бийик болыўын тилеймиз!
Филиалымыздың раўажланыўы жолында ислеп атырған мийнетиңиз өзиниң унамлы нәтийжесин бериўине тилеклеспиз! Сизиң келешек ушын жетик кадрларды таярлаўдай жуўапкершиликли жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз! Барқулла көтериңки кейпият пенен жүриўиңизди ҳәм сизиң басшылығыңызда филиалдың гүллеп-раўажланыўы жолында биргеликте үлкен жумысларды әмелге асырыў несип етиўин тилеп қаламыз! Туўылған күниңиз мүбәрек!
Филиал жәмәәти
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1