ӘБДИРОВ БУХАРБАЙ ӘБДИРОВИЧ
Устаз жолы
Ҳәр қандай илимпаздың илим-изертлеў жумысларының қуны оның турмыстағы — анығы өндиристеги берген нәтийжеси менен баҳалы. Усы көз-қарастан алып қарағанда аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен шарўашылық хызметкери, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери Бухарбай Әбдировтың көп санлы илимий жумыслары өзиниң актуаллығы менен бир қатарда шарўашылық хожалығында ҳәм ислеген мийнетлериниң нәтийжелилиги менен басқалардан айрылып турады.
Бир атап өтетуғын жери, Бухарбай аға тынымсыз мийнети менен ислеген илимий жумысларының жуўмағын иске асырыўғa өзи белсене қатнасып, оның қыйыншылықлары менен қуўанышын шарўалар менен теңдей бөлискен. Ол жасларға, әсиресе кәсиплес алымларға үлги боларлықтай мазмунға бай ҳәм машақатлы мийнет жолын басып өтти. Ол бул жолда жоқары мәртебеге ерисип, аты пүткил Өзбекстанғa жайылған қәбилетли алым, шебер өндирисши сыпатында танылды. Жоқары оқыў орнына кирген студенттиң бирден илимий жумыс пенен шуғыланаман деп шығатуғынлары шенде-шен табылады.
Бухарбай Әбдиров 1948-жылы Самарқанд аўыл хожалығы институтына оқыўға киргенде дәслеп илимпаз боламан деп ойламаған. Жас жигитте илимге болған инта ҳәм минезиндеги мақсетке умтылыўшылықты устазлары А.Пушкарев, А.Рахимовлар тез байқады ҳәм оған илимпаз—зоотехник қәнигелиги бойынша аспирантурада оқыўға мәслаҳат берди. Институтты жақсы баҳалар менен питкерип аўылға келген жас қәниге Нөкис аўыл хожалық техникумына оқытыўшы болып орналасты ҳәм студент жасларға өзи институтта алған теориялык, илимий және әмелий билимлерин жалықпай үйретиўге киристи. Бәрибир илимге қуштарлық бәлент келип Москвадағы К.Е.Тимирязев атындағы аўыл хожалық академиясында оқытыўшылар таярлайтуғын агроном-педагогикалық факультетте бир жыл оқып билимин жетилистирди. Соң Нөкиске техникумға келип, өзиниң оқытыўшылық жумысын даўам етти. Бул оқыў дәргайында алты жыл хызмет иследи.
Илим гүзарын нәзерге алған жас қәниге буннан былай өзин толығы менен илимге бағышлаўға қарар етти ҳәм Өзбекстан мал шарўашылық илмий-изертлеў институтының аспирантурасына оқыўға түсип, бул жерде белгили илимпаз ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, Ю.Р.Қурбанов, профессор И.Тапильскийдиң басшылығында биология және аўыл хожалық илимлеринин алдынғы бағдарлары — генетика ҳәм селекция тараўларын қунт пенен үйренди. Нәтийжеде Қарақалпақстандағы аз өним беретуғын жергиликли қара маллардың нәсил-генотипин жақсылаў арқалы олардың өним-дарлығын арттырыў жолларын илимий жақтан изертлеўди ҳәм оның нәтийжелерин өндириске енгизиўди бас мақсет етип койды. Аспирантураны питкерген соң 1964-жылы Шымбайдағы Қарақалпақстан дийқаншылық илмий-изертлеў институтынын мал шарўашылық бөлимине баслық етип жиберилди. Әдетте қай дәўирде де аспирантураны жаңа питкерген жасларды институтқа бөлим баслық етип тайынлаў кемнен-кем ушырасады. Институтта шарўашылық бөлиминиң ашылғанына жана еки жыл толған болып, оның баслығы басқа жумысқа кетип қалған ҳәм илимий жумыслар еле толық басланбаған еди. Бир сөз бенен айтқанда, жумыслар жүдә көп ҳәм оны изге салып жибериўге көп жумыс ислеў ҳәм көп күш салыў талап етилди. Жас илимпаз бөлимниң жумысын Республиканың шарўашылық хожалығында маллардың өнимдарлығын жақсылаў, от-шөп базасын дүзиў, малларды тойымлы ҳәм жуғымлы от-жемли шөплер менен тәмийинлеў меселелерин ислеп шығыў ҳәм өндириске енгизиўге бағдарлады. Шарўашылық тараўын раўажландырыўдағы жоңышқаның әҳмийетин жүдә жақсы биледи. Бирақ ол ўақытта республикамызда жоңышқаға деген дыққат пәсейип, оннан гектарына 20-30 центнерден өним алынып турған еди. Буны 70-80 центнерге жеткериў ўазыйпа етип қойылды.
Усы жумыс пенен шуғылланып жүрип алым бизиң республикамыздың жағдайында жоңышқадан сенаж, мәккеден силос бастырыў, оларды ҳәр қыйлы микроэлементлер менен байытып жуғымлылығын асырыў бойынша күтә жақсы илимий нәтийжелерге еристи. Зоотехния илиминде көптен бар болса да 1961-жылға шекем Қарақалпақстандағы хожалықларда қойлардың өнимдарлығын арттырыў мақсетинде саўлықларды жасалма усылда қашырыў қолланылмай келди. Бухарбай Әбдиров бул жумысты да өз қолына алып тынымсыз мийнет еткен. Бул усыл қойшылықта нәтийжелиликти арттырыўдың бирден-бир тийимли жолы екени тастыйықланды. Сол дәўирдеги П.Г.Винников басқарған «Үстирт» шарўашылық хожалығы еки — қарамал ҳәм қойшылық хожалықтан ибарат болып, онда 80 мың бас қой, 12 мың бас қарамал, 700 бас түйе, 850 бас жылқы бағылды.
Алым усы хожалықта илмий-изертлеў жумысларын жүргизип қойлардың нәсилин жақсылаўды мақсет етти ҳәм жүни гилем тоқыўға қолай, көп гөш беретуғын қойлар падасын дүзиўге белсене киристи. Бул бағдардағы жүргизген илимий жумыслары оның кандидатлық диссертациясының тийкарғы мазмунына айланды. 1962-жылы октябрьде алым Ашхабад қаласы әтирапындағы арнаўлы нәсилшилик хожалығынан «Сараджа» деп аталған ҳасыл туқымлы 16 бас қошқар сатып әкелип ноябрь айында жоқарыдағы айтқан «Үстирт» хожалығында жергиликли саўлық қойларды жасалма усылда қашырыў пунктин шөлкемлестирди. Бул усыл менен алынған қозылар айрықша ғамхорлыққа алынды. Нәтийжеде ақ реңли, биргелки майда талшықлы жүн беретуғын қой-қозылар көбейди. Олардың жүни жергиликли қойларға қарағанда 35 процент көп еди. Бирақ, таза қоспақ қойлардын гөши, майы, тирилей салмағы онша көп емес еди. Сол себепли илимий жумыслар даўам етилди. Солай етип, қойларды қашырыў муддетлери бизиң аймағымыздың ықлым-шараятына қарай ноябрь айында, 15 күн ишинде өткериў белгиленди. Сонда қойлар туўым дәўири 20-мартта басланады ҳәм алынған қозыларды шығынға ушыратпай бас санын сақлап қалған жағдайда, бағып өсириў тәмийинленеди. Нәтийжеде үлкен қойлар сойғанда 63-65 процент гөш шығымы берди. Ал, бәхәрде алынған қозыларды гүзге шекем баққанда олар 35 килограмм салмаққа жетип, гөшке тапсырыў мүмкиншилиги пайда болды. Алынған 10 мың бас қоспақ қойдан 16 жерден отар шөлкемлестирилди. Қойлар көбейип оннан «Үстирт» хожалығы 60-жылларда бир миллион рублинен зыятырақ сап пайда алған ўақытлары болды. Буннан тысқары Төрткулдеги мәмлекетлик нәсилшилик кәрханасында қарақалпақ сур қойларын жетистириў бойынша жумыслар қолға алынды. Бул кәрхана соңынан тарқап кетти. Лекин, ҳәзир ол жумыс Елликқала ҳәм Төрткул районы жеке меншик хожалықларында даўам етип келмекте.
Алым жергиликли қара маллардың ҳасылдарлығын арттырыў бойынша жумысларды да дыққаттан шетте қалдырмады. Бул жумыс республикада 1950-жыллардан баслап қолға алынғаны мәлим. Бирақ, дәслепки ўақытлары сырт елден әкелинген ҳасыл маллар бизиң ыклым-шараятымызға тез көниге алмады. Кейин Американың Техас штатынан Санта Гертруда ҳәм Қазақстаннан қазақтың ақбас тухымлы малларынан 1990- жылларға шекем ҳәр жылы 300 бас мал алып келинди. Сол жылларда шөлкемлестирилген Бозатаў районының аймағындағы хожалықларда күтә көп муғдарда қарамал бар еди. Солардың базасында район шөлкемлестирилип арзан гөш беретуғын мал шарўашылық хожалықлары дүзилди ҳәм хожалықларда көп гөш беретуғын ҳасыл туқымлы малларды көбейтиўге айрықша дыққат аўдарылды. Бул жумысқа тәжирийбели қәниге, алым Б.Әбдиров илимий жақтан басшылық етти. Ўақыттың өтиўи менен Бозатаўдағы қәнигелескен хожалықларда алдынғыға салыстырылғанда қазақтың ақбас туқымлы маллары 70 процент, Санта Гертруда туқым маллар 50 процентке көбейтилди. Сол туқым маллардан алынған баспақлар 1,5 жасында 250-300 килограмм тири салмақ берди. От-жем жеткиликли болып, күтимли бағылса бул малларды көбейтиў арқалы республикамызда гөш жетистириў машқаласын шешиў ҳәм мал шарўашылығын пайдалы тараўға айландырыў имканиятларының барлығы илимий жақтан қайта-қайта дәлийлленди. Әлбетте, бундай кең көлемдеги илимий жумысларды жүргизиў ҳәм өндириске енгизиў бир ямаса бир неше алымның қолынан келе бермейди. Бул дәўирде республикамызға басшылық еткен ҳүрметли ақсақалымыз Қәллибек Камалов үлкемиздеги барлық интеллигенция ўәкиллерин, илимпазларды, санаат ҳәм аўыл хожалығы қәрханаларының басшыларын Қарақалпақстанның экономикасы ҳәм мәдениятын раўажландырыў, мал-шарўашылығын пайдалы тараўға айландырыў, солай етип халқымыздьң материаллық турмысын көтериў мәселесине күш салыўға ҳәр бирине жеке ўазыйпа - тапсырма белгилеп өзлериндеги бар илимий ҳәм инсаныйлық мүмкиншиликлерди толық иске қоса билиўге бағдарлады. Жеке өзи усындай ийгиликли ислерде инталылық көрсетип, республика пуқараларына үлги болды. Усы арқалы республикамыздың халық хожалық тараўларында, илимде, мәдениятта көплеген пидәйы азаматлар өсип жетисти. Мине усындай азаматлардың бири Бухарбай Әбдиров болды. 1969-жылы республика басшылары Бухарбай Әбдировты сол ўақытта экономикалық жағдайы төменлеп қалған ҳәзирги «Таза жол» хожалығына директор етип жиберди. Ол усы кәрханада өзин истиң көзин билетуғын басшы, илим жетискенликлерин өндириске кең қоллана билетуғын илимпаз сыпатында көрсетти. 3,5 мың бас малы менен жылды миллион сум қарыз бенен жуўмақлаған хожалықты тартып кетиў аңсат емес еди. Солай да болса ол бир қатар шөлкемлестириў жумысларын әмелге асырды. Мәселен, жоңышқа майданын 550 гектардан 850-900 гектарға шекем көбейтти. Оның зүрәәти болса бурынғы 35-40 центнерден 80-100 центнерге көтерилди. Мәкке ҳәм жемлик ләблебиниң майданы көбейтирилди. Жылына 35-40 тонна жоңышқа туқымы жетистирилди. Усы жоңышқа туқымға алмастырып (бартер) Мари республикасынан ҳәм Прибалтикадан көп сүт беретуғын қара-ала малларды алып келди. Бухарбай Әбдиров кейинги жыл даўамында Өзбекстан мал шарўашылығы илмий-изертлеў институтының Қарақалпақстан филиалың директоры болып 2015 -жылға шекем хызмет ислеп келди. Ол зайыбы Намихан Пирешова менен 2 ул, 3 қызды өсирип камалға келтирип, ақлық ҳәм шаўлықларының рәҳәтин көрмекте. Алымның 50 жыллық илимий хызметинде 7 монография, 10 ға жақын усыныслар, 30 дан аслам илимий мийнетлер баспадан шығарылды. Көплеген илимий усынысларды өндириске енгизилди. Көплеген жас кадрлардың илимий жумысларына басшылық етти. Кейинги жыллары Арал ҳәм Әмиўдәрья дельтасы көллерине алдынғыдай суў жетип келмегенликтен шарўашылық хожалықларының тәбийий жайлаўлар майданлары қысқарып, Бозатаў районы ўақтынша жабылған еди. Жақында аты аталған шарўашылық районның қайта тикленгенлигин еситкен нураный ақсақалымыз кеўили қуўаныштан толды. Себеби өзи сүйген ҳәм өмирин толығы менен бағышлап келген шарўашылық тараўына дыққат аўдарып атырған ел басшыларымызға алғыслар айтып, республикамыздың бәрше шарўа ҳызметкерлерине табыслар тилеп, өзиниң ақ пәтиясын бермекте.
Р.Турганбаев,аўыл хожалығы илимлери докторы, профессор,
Ж.Сапарбаев биология илимлери кандидаты, доцент,
А.Торешова аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы
А.Уримбетов аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы
Х.Бекбаев аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы
А.Тлеумуратов ассистент, А.Астанкулов докторант
скачать dle 12.1