SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIПрофессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер арасында волейбол жарысы болып өтти » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер арасында волейбол жарысы болып өтти
Профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер арасында волейбол жарысы болып өтти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы спорт залында профессор-оқытыўшылар ҳәмде хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде спорттың волейбол түри бойынша еркеклер ҳәм ҳаяллар ортасында жарыс шөлкемлестирилди. Бул жарыста филиал администрациясы, профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлерден дүзилген жәми 6 команда қатнасты. Ойын заўықлы тәризде болды ҳәм қызғын беллесиўлерге бай болды. Қатнасыўшылар жоқары кейпият ҳәм ғайрат пенен жеңимпазлықты қолға киргизиў ушын ҳәрекет қылды. Филиал жәмәәти аўызбиршилик пенен қатнасыўшыларды қоллап-қуўатлап турды. Көтериңки руҳта өткерилген жарыс жуўмағына бола, еркеклер арасында хызметкерлерден дүзилген “Хожалық” командасы сыйлы биринши орынды ийеледи. Профессор-оқытыўшылардың “Илимпазлар” командасы болса екинши орынды, администрацияның “Пидәйилар” командасы үшинши орынды алыўға мияссар болды. Ал, ҳаяллар ортасында болса жеңимпазлық хызметкерлерден дүзилген “Белсендилер” командасына несип етти. 2-орынды профессор-оқытыўшылардың “Билимданлар” командасы ийелеген болса, 3-орынды техник-хызметкерлердиң “Мийнеткешлер” командасы ийеледи. Жарыс қатнасыўшылары филиал кәсиплик аўқамы тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Атап айтқанда, оларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыс мине усы тәризде өз жуўмағына жетти.