Филиал оқытыўшысы ҳәм баспасөз хаткери жәмлеспеген жаслар менен ушырасыў өткерди
Самарқанд ветеринария медицинасы институти Нөкис филиалы «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистенти А.Торешова ҳәмде баспасөз хаткери Зийўар Хожамуратова «Бир зыялы–бир мәҳәллеге мәнаўий қәўендер» принципи тийкарында үгит-нәсият жумысларын алып барыў мақсетинде Тақыятас районы Кенегес аўыл пуқаралар жыйынына барып, бул жердеги жәмлеспеген жаслар менен ушырасыў өткерди. Оған Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тақыятас районы бөлими баслығы Б.Палўаниязов, Кенегес аўыл пуқаралар жыйыны баслығының шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-руўхый мәселелер бойынша орынбасары Н.Абдуракманова ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыўды Н.Абдуракманова ашып берип, қатнасыўшыларға келген мийманларды таныстырып өтти. Буннан соң А.Торешова сөзге шығып, филиал хызмети ол жердеги билимлендириў бағдарлары ҳәм студент-жаслар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында толық мағлыўмат берди. Ушырасыў қатнасыўшыларына филиалға барып, өзлери қызығыўшылық билдирген қәнигелик бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы, сондай-ақ, филиалдағы тигиўшилик цехында жаратылған шараятлардан пайдаланған ҳалда жумыс үйрениў мүмкин екенлигин билдирип өтти. Мазмунлы баянаттан кейин қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етип, жуўаплар алды. Буннан соң З.Хожамуратова бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларға жаратылған кең имканиятлар ҳәм олардан үнемли пайдаланыў бойынша шығып сөйлеп, жыйналыс қатнасыўшыларына алдына қойған мақсетлерине ерисиў жолында тынымсыз ҳәрекетте болыўы бойынша мотивация берди. Еркин сәўбетлесиў тәризинде өткерилген ушырасыў мазмунлы ҳәм қызықлы болып өтти. Әҳмийетлиси қатнасыўшылар толық мағлыўматларға ийе болды ҳәм оларға қосымша мәслаҳатлер де берди. А.Торешова жасларға китаплар саўға қылды. Өз орнында олар миннетдаршылығын билдирди.






Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1