SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI“Panaev Farms” фермер хожалығына нәўбеттеги саяхат » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлери Қараөзек районындағы “Panaev Farms” фермер хожалығына нәўбеттеги саяхатты әмелге асырды. Филиалымыздың «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистенти А.Торешова бул сапары Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 2-курс студентлери менен биргеликте фермер хожалығына барды. Бул саяхат «Зоотехнияда инновациялық технологиялар» пәни бойынша әмелий билимлерин беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилди. Студентлер дәслеп, “Panaev Farms” фермер хожалығының искерлиги менен жақыннан танысты. Бул жерде қызғын түрде алып барылып атырған жумыс процесин бақлады. Сондай-ақ, сырт мәмлекетлерден алып келинген ҳәм ҳәзирги күнде хожалықта бағылып атырған нәсилли қарамалларды көзден кеширди. Оларды азықландырыў рационлары бойынша мағлыўматларға ийе болды. Филиал студентлери саўыў залында қәниге басшылығында бул жерде бағылып атырған ешкилерди сүт саўыў үскенеси менен саўыў процесин үйренди. Соны атап орынлы, бул процес студентлерге заўық бағышлады ҳәм олар сүт саўыў үскенесинен пайдаланыў бойынша көнликпеге ийе болды. Сондай-ақ, олар өзлерин қызықтырған сораўларға бул жердеги қәнигелерден толық түрде жуўап алып, керекли мағлыўматларды қойын дәптерине жазып алды. Алдын айтып өткенимиздей, болажақ қәнигелердиң теориялық билимлернин әмелият пенен еледе беккемлеп барыўда мине усындай белсенди түрде хызмет көрсетип атырған фермер хожалығы искерлигин жақыннан үйрениў ҳәм жумыс процеси менен танысыў әҳмийетли орын тутады. Студентлер бул қызықлы саяхатты шөлкемлестиргени ушын оқытыўшысы А.Торешоваға миннетдаршылық билдирди. Нәўбеттеги саяхат даўамында филиал студентлери зәрүр көнликпелерге ийе болды.