“Қуўнақлар ҳәм зийреклер” көрик-таңлаўы болып өтти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” көрик-таңлаўы болып өтти. 5 әҳмийетли баслама шеңберинде жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде филиал Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси тәрепинен шөлкемлестирилген бул көрик-таңлаўда филиалдың 1 ҳәм 2-курс студентлеринен жәми 3 команда қатнасты. Таңлаў даўамында ҚВЗ ойынларында жеткиликли тәжирийбеге ийе болған Б.Қутлымуратов, А.Назаров ҳәмде Қ.Сарсенбаевлар төреши ағза сыпатында қатнасыўшыларды баҳалап барды. Ойында студентлер 3 шәрт бойынша өз-ара беллести. Соны атап өтиў керек, филиалда биринши мәрте өткерилген “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” көрик-таңлаўы жоқары кейпиятта болып өтти. Қатнасқан 3 команда жақсы таярлық көргени ойын даўамында айқын сезилип турды. Сондай-ақ олар сахна мәдениятына да айрықша итибар қаратты. Бәршеге позитив кейпият бағышлаған “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” көрик-таңлаўының жуўмақлаўшы нәтийжесине көре, Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 1-курс 214 ҳәм 215-топар студентлериниң “SamVMI Life” командасы 1-орынды ийелеп, жеңимпазлықты қолға киргизди. Зооинженерия:Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелиги 2-курс студентлериниң “Шоқ жигитлер” командасы 2-орынды ийелеген болса, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 206-топар студентлериниң “Анастасия” командасы 3-орынды алыўға мияссар болды. Филиал директоры А.Есимбетов бүгинги ойын ҳаққында өзиниң пикирлерин билдирип, қатнасыўшылардың кемшилик ҳәм жетискенлигин айтып өтти. Буннан соң жеңимпаз болған командаға кубок ҳәм баҳалы саўғаларды тапсырды. Сондай-ақ, екинши ҳәм үшинши орынды ийелеген командалар да мүнәсип тәризде сыйлықланды. Жеңимпаз команда сәрдары А.Қушқаров “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” көрик-таңлаўы заўықлы тәризде өткенлигин билдирип, шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирип өтти. Әлбетте, алдағы ўақытта қәбилетли студент-жасларды бириктирген ҳалда филиалдың сайланды командасын дүзип, олардың үлкен сахналарда өзлерин көрсетиўине үмит етемиз.






Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1