“Өз келешегим-өз қолымда” атамасында психологиялық тренинг өткерилди
Филиал психологы М.Алламуратова студент-жасларға “Өз келешегим-өз қолымда” атамасында психологиялық тренинг өткерди. Оған жәми 26 студент қатнасты. Кирис бөлиминде М.Алламуратова тема бойынша улыўма түсиниклерди берди. Бул психологиялық тренинг даўамында студент-жасларға өзине деген исенимди жәнеде арттырыў, билимлерди жақсы өзлестириў арқалы жәмийетте өз орнына ийе болыў ҳәм келешегин ғәрезсиз тәризде өзлери қурыўы ҳаққында түсиниклер берилди. Сәўбетлесиў тәризинде алып барылған тренингде студент-жаслар өз-ара мүнәсибетлерди қәлиплестириў, адамлар менен қарым-қатнасты дурыс жолға қойыў ҳәм өз белсендилигин көрсеткен ҳалда қәбилетлерин жүзеге шығарыў жоллары ҳаққында түсиникке ийе болды. Сондай-ақ, темадан келип шығып психологиялық шынығыўлар өткерилди. Ҳәр бир инсан өз келешегин өзи жаратады. Буның ушын тынымсыз ҳәрекет ҳәм өзине болған беккем исеним зәрүр болады. Бүгинги “Өз келешегим-өз қолымда” атамасында шөлкемлестирилген психологиялық тренинг даўамында студент-жаслар кең түсиниклерге ҳәм көнликпелерге ийе болды. Соны атап өтиў керек, филиал психологы тәрепинен ҳәр түрли темаларда семинар-тренинглер өткерилип келинбекте. Нәўбеттеги бул тренинг қызықлы тәризде болып өтти.
скачать dle 12.1