Филиал студентлери “Ҳәсиретли ана” естелигине барды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлери Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти А.Сейткамалов басшылығында пайтахтымыздағы “Ҳәсиретли ана” естелигине барып, урыста жанын пидә еткен жерлеслеримизди ядқа алды. Соны атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги жанындағы «Жеңис бағы» естелик комплексиниң хызметин шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бойынша “Жол картасы” ның бәнтлериниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде студентлер менен биргеликте “Ҳәсиретли ана” естелигине барылды. А.Сейткамалов студентлерге урыстың қайғылы ақыбетлери ҳәм саўашта мәртлик көрсеткен пидәйи жерлеслеримиз ҳаққында айтып берди. Сондай-ақ, қалыс мағлыўматларды келтирип өтти. Студентлер дыққат пенен тыңлады. Студент-жаслар қәлбине урысқа қатнасқан мәрт ата-бабаларымыздың ядын мөрлеў, урыстың қайғылы ақыбетлерин баян етиў ҳәм бул арқалы бүгинги тыныш ҳәм пәраўан турмысымыздың қәдирине жетиў керек екенлигин санасына сиңдириўде усы сыяқлы орынларға келип, мағлыўматлар бериў әҳмийетли орын тутады. Филиал студентлери ўатанды қорғаў ҳәр бир перзент ушын парыз екенлигин және бир мәрте терең сезинген болса әжеп емес. Әдетте, инсан өмир дәптерин парақлағанда толқынланыў менен қуўаныш сезимин түйеди. Бирақ, урыстың ашшы елесин ядымызға алғымыз келмейди. Сондай болсада, бүгинги тыныш турмысымыз ушын саўашта мәртлик көрсетип, өз жанын пидә еткен жерлеслеримиздиң ядына ҳүрмет көрсетиў бизиң муқаддес парызымыз саналады. “Ҳәсиретли ана” естелиги жанында турып, филиал студентлериниң кеўлинде мине усындай қыяллар өткенлиги анық.
скачать dle 12.1