SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI“Мини футбол” жарысы шөлкемлестирилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлери арасында спорттың мини футбол түри бойынша “Филиал директоры кубогы” спорт жарысы шөлкемлестирилди. Жарысты филиал директоры А.Есимбетов ашып берип, ойын даўамында ҳәр бир команда жуўапкершилик пенен өз ғайратын көрсетиўине исеним билдириўин айтып өтти ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи. Соны атап өтиў керек бул жарысқа 15-апрель күни старт берилген еди. Оған жәми 20 команда қатнасты. Филиал студент-жасларының бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәмде олардың спортқа болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген мини футбол жарысы жоқары кейпиятта болып өтти. Заўықлы тәризде болып өткен ойында жеңимпазлық Зооинженерия:Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелиги 2-курс студентлериниң командасына несип етти. 2-орынды болса усы қәнигеликтиң 1-курс 209-топар студентлери ийеледи. Ветеринария медицинасы қәнигелиги 3-курс студентлери 3-орынды алыўға мияссар болды. Жарыстың жуўмақлаўшы бөлиминде филиал директоры А.Есимбетов жеңимпаз командаға кубок тапсырды. Сондай-ақ, екинши ҳәм үшинши орын ийелеринеде диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Жеңимпазлықты қолға киргизген команда ойын ҳаққында унамлы пикирлерди билдириў менен биргеликте жарыс шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдирди.