«Миллий липасларда доланар қызлар» көрик таңлаўында қайсы топар жеңимпаз болды?
Усы жылы 20-апрель күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студент-қызлары арасында миллийлигимизге болған ҳүрмет ҳәм меҳирди жәнеде арттырыў ҳәмде миллий өзликти аңлаў мақсетинде «Миллий липасларда доланар қызлар» атамасында көрик таңлаў өткерилди. Оған Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи этнография бөлими баслығы “Дослық” ордени ийеси А.Пирназарова, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар қатнасты. Филиал директоры А.Есимбетов илажды ашып берип, барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи. Көрик-таңлаў миллийлигимизди өзинде сәўлелендирген 3 шәрт бойынша болып өтти. Илаж филиал студент-жасларының концерт бағдарламасы менен жоқары кейпиятта болып өтти. Қатнасыўшы қызлар төреши ағзалары тәрепинен қалыс тәризде баҳаланды. Белсендилик көрсетип, өз-ара беллескен топарлардың жуўмақлаўшы баллына көре, 3-орын 1-курс 214 ҳәм 215-топар студентлерине несип еткен болса, Зооинженерия:Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелиги 2-курс студентлери 2-орынды ийеледи. Сыйлы биринши орынды болса, 1-курс 212-топар қатнасыўшылары қолға киргизди. Сондай-ақ, таңлаўға белсенди қатнасқан студент қызлар «Миллий липасларда доланар қызлар» көрик таңлаўының шөлкемлестириўшиси Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатши Г.Ешмуратова тәрепинен түрли номинациялар бойынша сыйлықланды. Көрик-таңлаў жуўмағында А.Пирназарова сөзге шығып, қатнасыўшыларға кемшилик ҳәм жетискенликлерин айтып өтти ҳәм бүгинги илаж бойынша өзиниң унамлы пикирлерин билдирди. Филиал директоры А.Есимбетов жеңимпазларға диплом ҳәм естелик саўғаларын тапсырды ҳәм барлық қатнасыўшыларға өз миннетдаршылығын билдирип, усындай көрик-таңлаўлар шөлкемлестирилиўин барқулла қоллап-қуўатлайтуғынын айрықша атап өтти. Бүгинги студент-қызлар арасында өткерилген көрик-таңлаў нағыз миллийликти сәўлелендирип бере алды десек асыра айтқан болмаймыз. Сондай-ақ бәршеге жоқары кейпият бағышлады.
скачать dle 12.1