Филиал студентлери «Таза қала» Жаслар басламасы жойбарында белсенди қатнасып атыр
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студент жаслары “Жаӊа Ɵзбекстанда еркин ҳәм пәраўан жасайық!” сүрени астында қаламызды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған «Таза қала» Жаслар басламасы жойбарында белсенди түрде қатнасып атыр. Атап айтқанда, «Сарбиназ» МПЖ аймағында жеңди түрип абаданластырыў илажларын әмелге асырып атыр. Филиал директоры Адилбай Есимбетов қаламыздың тазалығына өз үлесин қосып атырған студентлерге ҳармасын айтып, олардың бул жойбарда белсендилик көрсетип атырғанлығы ушын қуўанышлы екенлигин билдирди. Бул болса өз орнында студент-жаслардың кейпиятын еледе көтерди. Соны атап өтиў орынлы, филиал студентлери «Таза қала» Жаслар басламасы жойбарында белсенди қатнасыў ушын ҳәрекет қылып атыр. Сондай-ақ, бул бойынша қаламыздың турғынлары арасында үгит-нәсият жумысларын алып барды. Пайтахтымызды абаданластырыў мақсетинде өткерилип атырған «Таза қала» Жаслар басламасы акциясында республикамиздағы 9 жоқары оқыў орнының студент-жаслары белсенди қатнасып, өз үлесин қосып атыр.
скачать dle 12.1