“Коррупция–раўажланыўдың жемириўшиси” атамасында ушырасыў болып өтти
Усы жылы 16-апрель күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында “Коррупция–раўажланыўдың жемириўшиси” атамасында ушырасыў болып өтти. Оған Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Маънавият фидойиси» көкирек белгиси ийеси, шайыр Ш.Аяпов, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студент жаслар қатнасты.
Филиал директоры Адилбай Есимбетов ушырасыўды ашып берди ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде бүгинги күнде мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған нәтийжели жумыслар, сондай-ақ «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жеделлестириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында» ғы Президент Пәрманы мазмунына айрықша тоқталып өтти. Буннан соң Ш.Аяпов сөзге шығып коррупция миллетимиз келешегине қәўип туўдырмаўы ушын жоқары билимлендириў системасында коррупция иллетиниң тамырына балта урыў ҳәм студент-жаслардың әдалатлы тәризде билим алыўы ушын кең имканиятларды жаратыў бойынша айтып өтти. Ушырасыў даўамында Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Г. Хожаметов тема бойынша мазмунлы баянат жасады. Ушырасыў жуўмағында болса студент-жаслардың да пикир ҳәмде усыныслары тыңланды.
скачать dle 12.1