Студентлер «Қоңыратбай Меҳри» фермер хожалығының жумысы менен танысты
Филиалдың Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 2-курсында билим алып атырған студентлер Нөкис районы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы шарўашылыққа қәнигелестирилген «Қоңыратбай Меҳри» фермер хожалығының жумысы менен танысты. «Зоотехнияда инновациялық технологиялар» пәни оқытыўшысы А.Торешова басшылығында студентлер бул фермер хожалығына барды. Оларды фермер хожалығының баслығы Есенбай Айтмуратов күтип алды. Дәслеп студентлерге фермер хожалығы шөлкемлестирилгенинен баслап бүгинги күнге дейин әмелге асырылған нәтийжели жумыслар ҳәмде ҳәзирги күндеги искерлиги ҳаққында толық мағлыўмат берди. Буннан соң олар Украина ҳәм Германиядан алып келинген монбельярд ҳәм симментал нәсилли қарамаллардың экстерьер көрсеткишлери менен танысты. Е.Айтмуратовтың айтыўынша, ҳәзирги күнде фермер хожалықта 500 басқа жақын нәсилли қарамаллар бар. Бул фермер хожалығының егислик майданы 500 гектарды қурайды. Соны атап өтиў орынлы, А.Торешова әмелий сабақ шеңберинде студентлер ушын бундай саяхатларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетип келмекте. Филиал студентлери халықты сапалы гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеў ушын өз искерлигин алып барып атырған «Қоңыратбай Меҳри» фермер хожалығының жумысы менен танысыў барысында зәрүр көнликпелерге ҳәм керекли мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1