“Сиз турмыс қурыўға таярсызба” темасында сәўбетлесиў болып өтти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының студентлер турақ жайында жасап атырған студент-қызлар менен “Сиз турмыс қурыўға таярсызба” темасында сәўбетлесиў шөлкемлестирилди. Оған филиал психологы М.Алламуратова ҳәм студент қызлар қатнасты. Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатши Г.Ешмуратова илажды ашып берди ҳәм алып барды. Ол сөзге шығып жәмийетимизде шаңарақтың тутқан орны үлкен екенлиги, ҳәр бир жас жигит-қызлар шаңарақ қурыў жуўапкершилигин терең сезиниў зәрүрлиги ҳәм шаңарақ беккемлигин тәмийинлеўде ҳаяллар әҳмийетли рол ойнайтуғынын айрықша атап өтти. Буннан соң М.Алламуратова ҳәр бир қыз шаңарақ қурыўға алды менен руўхый жақтан таяр болыўы ҳәм өзлерин турмысқа таярлап барыўы, сондай-ақ ишки сезимлерин басқара алыў керек екенлиги ҳаққында сөз етти. Студент қызлар менен сәўбетлесиў еркин тәризде алып барылды. Өз орнында оларда жеке пикирлерин билдирди. Сәўбетлесиў даўамында Г.Ешмуратова темаға байланыслы турмыслық мысалларды келтирип өтти. Әлбетте, ҳәр бир қыз болажақ шаңарақ бийкеси ҳәм болажақ ана саналады. Сол себепли оларды турмысқа ҳәр тәреплеме таярлап барыў жүдә әҳмийетли. Бул бойынша филиалда билим алып атырған қызларымызға турақлы түрде керекли мәслаҳатлер ҳәм усыныслар берип барылмақта. Бул сәўбетлесиў даўамында студент-қызлар пайдалы мәслаҳатлерге ҳәм зәрүр мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1