Студентлер “Rabbit house 2020” ислеп шығарыў кооперативи хызмети менен танысты
Самарқанд ветеринария медицинасы институти Нөкис филиалы студентлери Нөкис районындағы “Rabbit house 2020” ислеп шығарыў кооперативи хызмети менен жақыннан танысты.
“Қояншылық” пәни оқытыўшысы А.Торешова Зооинженерия: Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелигиниң 2-курс студентлери менен бирге усы жерде әмелий сабақ өтти. Оларды ислеп шығарыў кооперативи баслығы Азизбек Каримов күтип алды. Бул жерде ҳәзирги күнде 100 ден аслам қоян болып, олар кем тәмийинленген шаңарақларға бириктирилген екен. Бул қояншылық кооперативи шөлкемлестирилиўден тийкарғы мақсет «Темир дәптерге» киргизилген шаңарақ ағзаларын жумыс пенен тәмийинлеўден ибарат. Филиал студентлери дәслеп қояншылық бағдарында искерлик жүритип атырған “Rabbit house 2020” ислеп шығарыў кооперативти көзден өткерип, бул жерде әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан таныстырылды ҳәм А.Каримов тәрепинен зәрүр мағлыўматлар берилди. Атап айтқанда қоянды қалай бағыў, олардың күнине неше мәрте аўқатланыўы толық айтып өтилди. Сондай-ақ, студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Усы тәризде нәўбеттеги әмелий сабақ процеси қызықлы болып өтти. Әҳмийетлиси студентлердиң көнликпе ҳәм тәжирийбелери беккемленди. Өз орнында А.Торешова қосымша мағлыўматларды берип өтти.
скачать dle 12.1