Студентлер қоянның ишки дүзилисин үйренди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Зооинженерия: Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелигиниң 2-курс студентлери филиал лабораториясында тири қоянды жарып көрди. «Қояншылық ҳәм мамық теришилик» пәни оқытыўшысы Амина Торешова әмелий сабақ даўамында студентлерде тема бойынша жақсы көнликпелерди қәлиплестириў мақсетинде лабораторияда қоянды жарып көрсетти ҳәм студентлер менен бирге оның сыртқы ҳәм ишки дүзилисин үйренди. Атап айтқанда, қоянның ишки органларын үйрениў барысында оның гөши ҳәмде қанынан үлги алып микроскоп арқалы тексерди. А.Торешова студентлерди қоянның ишки дүзилиси, оның ишки органлары-жүреги, асқазаны, баўыры менен таныстырды ҳәм зәрүр мағлыўматларды берип өтти. Зийрек студентлер бул процести қызығыўшылық ҳәм дыққат пенен бақлап, оқытыўшы берген мағлыўматларды пуқта өзлестириўге ҳәрекет қылды. Мине усы тәризде бүгинги әмелий сабақ даўамында студентлер толық түсиникке ийе болды. Сондай-ақ, оқытыўшы тәрепинен қосымша сораўларға толық жуўап берилди. Студентлер әмелий сабақ заўықлы болып өткенлигин ҳәм зәрүр көнликпелерге ийе болғанлығын билдирди.
скачать dle 12.1