SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиалымызда велосипед туратуғын орын жаратылды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында велосипед пенен қатнайтуғын студентлер ҳәм хызметкерлерге қолайлық жаратыў мақсетинде заманагөй велосипед туратуғын орын жаратылды. Соны атап өтиў керек, бул орын “Cycling in Nukus” жойбары шеңберинде Жаслар ислери агентлиги басламасы менен қурып берилди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет студент-жаслар арасында велосипедте жүриўди ғалабаластырыў арқалы саламат турмыс тәризин енгизиў ҳәмде олар арасында веломәдениятты қәлиплестириўден ибарат. Мағлыўмат ушын, филиалдағы велосипед туратуғын орын 20 орынға мөлшерленген. Тийкарғысы оқыўға велосипедте қатнайтуғын студентлер жүдә қуўанышқа бөленди. Олар Жаслар ислери агентлигине миннетдаршылық билдирди. Жаратылған бундай қолайлықтан филиал студентлери үнемли пайдаланбақта, сондай-ақ басқа студентлер олардан жақсы үлги алады деп үмит етемиз. Велосипедте жүриў саламатлық ушын жүдә пайдалы екенлигин ҳәммемиз жақсы билемиз. Велосипедте жүрген ўақытта барлық ағзаларымыз ҳәрекетте болады ҳәм қан айланысы жақсыланады. Ең тийкарғысы бул транспорт қуралы өзинен шығынды шығармайды ҳәм таза ҳаўадан дем алыў имканиятын жаратады. Велосипедте қатнайтуғын филиал хызметкерлери ҳәм студентлер оның пайдасы ҳаққында мағлыўматларды айтып өтти.