SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI“Арқан тартысыў” жарысының жеңимпазлары сыйлықланды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында «Миллий ойынлар-саламатлық гиреўи» сүрени тийкарында спорттың “Арқан тартысыў” түри бойынша спорт жарысы шөлкемлестирилди. Бул жарысқа филиал студентлеринен жәми 13 команда қатнасты. Филиал директоры А.Есимбетов илаж басында шығып сөйлеп, бүгинги күнде мәмлекетимизде спорт тараўына қаратылып атырған үлкен итибар ҳәм студент-жаслар арасында миллий спорт түрлерин раўажландырыў барысында филиалда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында тоқталып өтти. Буннан соң жарысқа старт берилди. Ғайратлы студентлеримиз бар күш-жигери менен жеңимпазлықты қолға киргизиў ушын ҳәрекет қылды. “Арқан тартысыў” жарысы қызғын тәризде болып өтти. Қатнасыўшылардың кейпияты жоқары екенлиги жарыс даўамында сезилип турды. Қатнасыўшыларды топарындағы дослары ҳәм оқытыўшылар қоллап-қуўатлап турды. Жарыс жуўмағына бола, 1-орын Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 202-топар студентлериниң командасына несип етти. Усы қәнигеликтиң 3-курс студентлери 2-орынды ийелеген болса, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 208-топар студентлери 3-орынды алыўға мияссар болды. Филиал директоры А.Есимбетов тәрепинен 1-орын ийелерине жеңимпазлық кубогы тапсырылды. Соның менен бирге жеңимпаз деп табылған командалар диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.Филиал баспасөз хызмети