Филиал студентлери “Cycling in Nukus” жойбарында қатнасты
Күни кеше пайтахтымыз Нөкис қаласында “Cycling in Nukus” жойбары әмелге асырылды. Жойбар шеңберинде 9 жоқары оқыў орынлары студент жасларының қатнасыўында велопарад болып өтти. Велопарад Жаслар ислери агентлиги ҳәм «Жаслар–келешегимиз» фонды тәрепинен шөлкемлестирилди. Бул илажға Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының студент жаслары да белсенди қатнасты. Жаслар арасында веломәдениятты қәлиплестириў ҳәмде оларды спортқа кең тартыў мақсетинде шөлкемлестирилген бул велопарад филиал студентлерине өзгеше заўық бағышлады. Ең тийкарғысы бул жойбарға оларда өз үлесин қосқаны бизди қуўанышқа бөледи. Биз билемиз, велосипедте жүриў ден саўлық ушын пайдалы болып есапланады. Оны басқарыў болса қолай ҳәм исенимли. Сондай-ақ, физикалық ҳәм руўхый саламатлықты тәмийинлейди. Пайтахтымызда болып өткен жоқары оқыў орынлары студентлери қатнасыўындағы велопарад жасларға жоқары кейпият бағышлады. Оның жуўмағында велотур енди ҳәр айда өткерилиўи билдирилди. Айрықша атап өтиўимиз орынлы, филиал студентлери спорт пенен турақлы шуғылланыў ҳәм саламат турмыс тәризи тәрепдары саналады.
скачать dle 12.1