«Заковат» интеллектуал ойынының финал босқышына қайсы командалар жолланба алды?
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында «Заковат» интеллектуал ойынының таңлап алыў басқышы болып өтти. Бул ойынларға 26-март күни старт берилген еди. Филиалда билим алып атырған студентлер арасында шөлкемлестирилген «Заковат» интеллектуал ойыны жоқары кейпиятта өткерилип атырғанлығы ҳәм зийрек студентлердиң белсендилигин айрықша атап өтиўимиз орынлы болады. Сол менен бирге олардың бос ўақты да мазмунлы шөлкемлестирилмекте. Соныда атап өтиў керек, 4 күн даўамында топар студентлери арасында өткерилген ойынлар қалыс тәризде болып өтти. Заўықлы тәризде өткерилген ойын даўамында филиалдың биринши, екинши ҳәм үшинши курс студентлери өз командалары менен қатнасып өз-ара беллести. Студентлерге ҳәр түрли мазмундағы қызықлы ҳәм логикалық сораўлар берилди. Жуўмақлаўшы нәтийжеге көре, биринши курс студентлер арасынан “Даймонд”, “Фимида”, “Зооинженерия” ҳәм “Саўкеле” командалары, сондай-ақ, екинши ҳәм үшинши курс студентлери арасында “Легион” ҳәм “Аристократлар” командалары таңлап алыў басқышында белсенди қатнасып финал басқышына жолланба алды. Бул командалар «Заковат» интеллектуал ойынының финал босқышында өз-ара беллеседи. Филиалда 4 күн даўамында болып өткен ойынлар менен төмендеги сүўретлер арқалы танысыўыңыз мүмкин.
скачать dle 12.1