Мактеплер менен нәтийжели бирге ислесиў алып барылмақта
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында 2020-жыл 30-октябрь куни өткерилген видеоселектор мәжилисиниң 86-санлы протоколында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы бириктирилген мектеплер менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойды. Бул ҳаққында сайтымыз арқалы толық мағлыўмат берип бармақдамыз. Соны айрықша атап өтиў орынлы филиал директоры А.Есимбетов бул бағдарда үлкен жуўапкершилик пенен жантасыў керек екенлигин айрықша айтып өтти. Сонлықтан, филиал профессор-оқытыўшылары районлардағы бириктирилген мектеплерге турақлы түрде барып, шеберлик сабақларын өтип атыр ҳәмде оқыўшы жаслар менен сәўбетлесиў шөлкемлестирмекте. Сондай-ақ мектеп оқыўшыларына филиал тәрепинен китаплар саўға етилмекте. Буның түп тийкарында болса келешегимиз ийелери болған жас әўладтың жақсы билим алыўына аз ғана болсада үлес қосыў сыяқлы тилек бар. Өз орнында мектеп жәмәәти де бирге илесиў бағдарында филиалдың басламасын толық қоллап-қуўатлаған ҳалда өз-ара ҳүрмет тийкарында жумыс алып барылмақта. Атап айтқанда, Хожели районындағы ХББ не қараслы 34-санлы улыўма билим бериў мектеби, Әмудәрья районындағы ХББ не қараслы 51-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм Беруний қаласындағы 36-санлы мектеплерге профессор-оқытыўшыларымыз барып, бул мектеплер искерлиги менен жақыннан танысып, билимлендириў сапасын жәнеде арттырыў бойынша әмелий жәрдем көрсетиўге барқулла таяр екенлигин билдирди ҳәм оқыўшыларға шеберлик сабақларын шөлкемлестирди. Саўға сыпатында китаплар берилген ўақытта мектеп оқыўшыларының көзлеринде гирбиңсиз қуўанышты көрип, ерксиз түрде оларға қосылып қуўанасаң. Биз филиалымыздың мектеплер менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўи ҳаққында сизге еледе толық сөз еткимиз келди. Мектепте өзлестирилген жақсы билим келешек ушын фундамент болады. Мектеп оқытыўшыларының кәсиплик шеберлигин арттырыў ҳәм биргеликте оқыўшыллар ушын сабақ шөлкемлестириў даўам етеди.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1