“Универсиада–2020” спорт жарысларының жеңимпаз командалары сыйлықланды
Жоқары оқыў орынлары студентлериниң ортасында дәстүрий түрде өткерилип киятырған “Универсиада – 2020” спорт жарысларының улыўма команда есабында жеңимпаз болған аймақлық сайланды командаларды салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети жуўапкер баслықлары, жоқары оқыў орынларының ректорлары, спорт клублары, спортшы студентлер ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илаж даўамында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Тошқулов сөзге шығып, мәмлекетимизде жаслар ушын жаратылып атырған шараятлар, спорт түрлерин ғалабаластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти. Буннан соң жеңимпаз командаларға “Президент саўғасы”, диплом ҳәм статуэткалар тапсырылды.
Мағлыўмат орнында соны атап өтиў керек, улыўма команда есабында Ташкент ўәлаяты сайланды командасы 1-орынды, Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы 2-орынды ҳәмде Самарқанд ўәлаяты сайланды командасы 3-орынды ийелеўге мияссар болды. Жеңимпазлардың ҳәр бирине “Президент саўғасы” сыпатында жәми 80 млн сумлық спорт буйымлары тапсырылды.
скачать dle 12.1