SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIТопар басшылары қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Филиал психологы М.Алламуратова тәрепинен топар басшыларына «Суицидал жағдайлардың алдын алыў» атамасында семинар өткерилди. Семинарға «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факультети деканы А.Каниязов, декан орынбасары Е.Сейтмуратов, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Г.Хожаметов ҳәмде барлық топар басшылары қатнасты. Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров кирис сөзи менен семинарды ашып берди. Қатнасыўшыларға М.Алламуратова тәрепинен суицидтиң келип шығыў себеплери ҳәм факторлары, соның менен бирге оның алдын алыў бойынша кең түсиниклер берилди. Бизге белгили, руўхый түскинлик, өзин жалғыз сезиў, шаңарақтағы, жумыс ҳәм оқыўдағы келиспеўшиликлер, әтираптағы машқалалардың шешими жоқ болып көриниўи сыяқлы себеплер менен өз жанына қастыянлық етиў жағдайлары жүзеге келеди. Бундай пайытларда себебин терең үйрениў, зәрүр болса психологқа мүрәжат етиў ҳәм суицид жағдайының алдын алыў жүдә әҳмийетли болып есапланады. Семинар даўамында усы темалар шеңберинде, сондай-ақ өмирди сүйиў ҳәм өтип атырған ҳәр бир демниң қәдирин билиў керек екенлиги бойынша сәўбетлесиў алып барылды. Соның менен бирге «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы баслығы Ш.Авезимбетов сөзге шығып, тема бойынша өзиниң терең пикирлерин билдирип өтти. Психолог топар басшыларына семинар даўамында тема бойынша кең түсиник ҳәмде керекли статистикалық мағлыўматларды берип өтти.Филиал баспасөз хызмети