Мектеп оқыўшыларына китап саўға етилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының оқытыўшылары Д.Базарбаева ҳәмде Ж.Халмуратова Хожели районында жайласқан филиалға бириктирилген ХББне қараслы 34-санлы мектепке барды. Оларды мектеп директоры Т.Қосбергенов ҳәм оқыў ислери бойынша директор орынбасары М.Есназарова күтип алды. Дәслеп мектептеги бүгинги күндеги билимлендириў процеси, филиал менен бирге ислесиў бағдарындағы жумыслар бойынша өз-ара сәўбетлесиў алып барылды. Буннан соң Д.Базарбаева ҳәм Ж.Халмуратовалар мектептиң 10 ҳәм 9-класс оқыўшыларына сабақ өтип берди. Сондай-ақ, оқыўшы жасларға китап саўға етилди. Мектептеги билимлендириў сапасын жәнеде арттырыў ҳәм бул жердеги оқытыўшылар менен бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде филиал оқытыўшылары, атап айтқанда Ж.Халмуратова бул жерге келип, оқыўшы жаслар менен еркин сәўбетлесиў алып барады ҳәм сабақ өтип береди. Соны да атап өтиў орынлы, филиал директоры А.Есимбетов бул жерде болып, мектептеги оқыў процеси менен жеке өзи танысқан еди. Мине усы тәризде 34-санлы мектеп жәмәәти менен бирге аўызбиршиликте жумыс алып барылмақта.
скачать dle 12.1