«Мен диний экстремизм ҳәм терроризм қәўпин қалай түсинемен»
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлери арасында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» темасы шеңберинде «Мен диний экстремизм ҳәм терроризм қәўпин қалай түсинемен» атамасында сүўрет салыў таңлаўы өткерилди. Илаж басында Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети декан орынбасары Е.Сейтмуратов сөзге шығып, бүгинги күнде мәмлекетимизде диний экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған ис-илажлар ҳаққында айтып өтти ҳәм таңлаўға белсендилик пенен қатнасып атырған барлық студентлерге миннетдаршылық билдирди. Филиал студентлер тәрепинен салынған сүўретлер төреши топар ағзалары тәрепинен қалыс түрде баҳаланды. Қатнасыўшылар арасында Зооинженерия: Балықшылық қәнигелигиниң 1-курс 214-топар студенти А.Абипназаровтың салған сүўрети 1-орынға мүнәсип деп табылды. Сондай-ақ, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 208-топар студенти М.Есбоғанова 2-орынды ҳәмде 202-топар студенти Г.Базарбаева үшинши орынды алды. Жеңимпазларға диплом тапсырылды. Филиалда өткерилип атырған таңлаўларда қәбилетли студентлердиң белсендилиги әлбетте бизди қуўанышқа бөлейди.
скачать dle 12.1