«Өнерли қызлар» көрик-таңлаўының финал басқышы болып өтти
Филиалымызда өткерилген «Өнерли қызлар» көрик-таңлаўының еки басқышында жеңимпаз болған алты студент қыз финал басқышында өз-ара беллести. Филиал директоры Адилбай Есимбетов илажды ашып берип, 8-март байрамы менен барлық ҳаял-қызларды қызғын түрде қутлықлады ҳәм финал басқышында беллесетуғын қатнасыўшы қызларға әўмет тиледи. Бул финал басқышта қызлар 3 шәрт бойынша өз өнерлерин көрсетти. Биринши шәртке көре қатнасыўшылар өзлерине қысқаша тәрийп бериў ҳәмде өзлерин таныстырыў ушын таярлаған видеороликлерди қойып берди. Кейинги шәрт бойынша болса төреши ағзалары тәрепинен студент қызларға өзлери оқыған әдебиятлары бойынша сораўлар берилди. Қатнасыўшы қызлар соңғы шәртте мийўе ҳәм палыз егинлеринен карвинг ислеп көрсетти. «Өнерли қызлар» көрик-таңлаўының финал басқышында 83 балл менен биринши орынды А.Жалғасбаева ийеледи. Екинши орынды болса жәми 79 балл топлап С.Утегенова қолға киргизген болса, Ш.Қарлибаева 77 балл менен үшинши орынды ийелеўге мияссар болды. Жеңимпазларға филиал директоры А.Есимбетов диплом ҳәм естелик саўғаларын тапсырды. Илаж қәбилетли студент жаслар қатнасыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Байрам қарсаңында шөлкемлестирилген көрик-таңлаў жоқары кейпиятта болып өтти.
скачать dle 12.1