Студентлер әмелий көнликпелерге ийе болды
Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында билим алып атырған студентлердиң әмелий көнликпелерди жақсы өзлестирип барыўы жүдә әҳмийетли болып есапланады. Филиалымызда билим алып атырған студент жасларға профессор-оқытыўшылар тәрепинен теориялық билимлер берип барылыўы менен биргеликте әмелий сабақлар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип келинбекте. Атап айтқанда, Зооинженерия: балықшылық қәнигелигиниң 2-курс студентлери оқытыўшысы А.Жолдасбаев басшылығында «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ искерлигин үйренди. Филиал студентлери бул жерде жетистирилип атырған балықларды өзлери услап көрди. Бул процес оларға заўық бағышлады. Сондай-ақ, кәрханадағы жумыс процесин толық түрде бақлады.
Оқытыўшы менен бирге өршитиў ушын пайдаланып атырған ата ҳәм ана балықлардың кеселликлерин үйренди. Студент жасларға балықлардағы қызылша кеселлиги менен зыянланыўдың алдын алыў бойынша керекли мәслаҳатлер берилди. Студентлер жумыс процесин үйрениў менен бирге барлық керекли мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1