Студент-жасларда Apple iPhone 12 Pro Max смартфонын қолға киргизиў имканияты бар
Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң логотибин жаратыў бойынша таңлаў жәрияланған еди. Усы бир ай даўамында студентлер тәрепинен 1200 ден аслам жойбар келип түскен. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы арқалы мәлим етилди. Сондай-ақ, министрлик бул таңлаўға қызығыўшылық билдирип, қатнасқан барлық белсенди студент-жасларға миннетдаршылық билдирип өткен. Студент-жаслардың жойбарлары усы тараўда үлкен тәжирийбеге ийе болған профессор-оқытыўшылардан ибарат болған төреши ағзалар тәрепинен дыққат пенен үйренип шығылған ҳәм таңлаўға усынылған жумыслар арасында министрликтиң рәсмий логотиби атына мүнәсип болған жойбар анықланбаған. Таңлаў шәртине көре, жиберилген жойбарда министрликтиң хызмети ҳәм әҳмийети философиялық жақтан сәўлелендирилиўи, бийтәкирар көркем шешим ҳәм креатив жантасыўға ийе болыўы, соның менен бирге заманагөй, өзине тән, аңсат танып алатуғын ҳәм айрықша көриниске ийе болыўы керек еди. Усы мүнәсибет пенен министрлик логотибин жаратыў бойынша таңлаў даўам етеди.
Таңлаўда студент-жаслар менен бирге жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, профессионал дизайнерлер ҳәм тараў қәнигелери қатнасыўы мүмкин.
Таңлаўға дөретиўшилик жумыслар @edu.uz электрон почта мәнзили арқалы 2021-жыл 25-март саат 23:59 ге шекем даўам етеди. Жеңимпаз Apple iPhone 12 Pro Max смартфоны менен сыйлықланады. Демек, ҳүрметли студент-жаслар сизлерде еле Apple iPhone 12 Pro Max смартфонын қолға киргизиў имканияты бар.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1