1-март Зульфия Исроилова дүньяға келген күн
Пасыллардың ишинде өзгешелиги менен ажыралып туратуғын бәҳәрдиң дәслепки күнинде өзбек халқының сүйикли шайыры Зульфия Исроилова дүньяға келген. Ҳәр жылы 1-март сәнесин Өзбекстан халық шайыры, белгили жәмийетлик ғайраткер Зульфия Исроилованың туўылған күнин белгилеў менен қарсы аламыз. Сондай инсанлар бар, арамызда болмаса да оның яды қәлбимизге мөрленген, бәршеге үлги болатуғындай әжайип бир өмир жолы болады. З.Исроилова нағыз усындай инсанлардан бири деп биймәлел айта аламыз. Оның дөретиўшилиги менен бирге инсаныйлық пазыйлети, қалаберди бир ҳаял сыпатындағы садықлығы ҳаққында бир дәптерди толтырып баян етиўге болады. 17 жасында «Өмир бетлери» атлы биринши топламын жазып, қосықлар әлемине қәдем қойған бул жас қыз жыллар даўамында өзиниң дөретиўшилиги менен пүткил Өзбекстан халқының кеўилинен терең орын алды. Әжайип қәбилет ҳәммеге де несип ете бермейди. З.Исроиловаға болса гирбиңсиз бир қәлб ҳәм қәбилет инәм етилген. Ол өзиниң бундай пазыйлетлерин адамлар менен бөлисип, халық ушын бир-биринен әжайип қосықларды дөретти. Шайырдың бул қосықлары рус, инглиз, қытай, араб, парсы ҳәм басқа шет тиллерге аўдарылған. З.Исроилова Ҳиндистан, Югославия, Шри Ланка ҳәм Австрия мәмлекетлеринде болды. Сондай-ақ, 1956-жылда Азия ҳәм Африка жазыўшыларының Деҳлиде өткерилген биринши конференциясында қатнасқан. Оның көплген қосық топламлары баспадан шықты. Зульфия Исроилова 1996-жылы 1-август күни дүньядан өткен. Белгили шайырдың ядын мәңгилестириў мақсетинде 1999-жылдан баслап Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы енгизилди. Бул әжайип инсаның қосықлары ҳәм яды ҳәр биримиздиң қәлбимизде жасайды.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1