“Директор кубогы” спорт жарысының жеңимпазлары сыйлықланды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлери ортасында Республикалық жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар-өспиримлер спорт мектебинде «Филиал директоры кубогы» спорт жарысы болып өтти. Спорттың гүрес түринен шөлкемлестирилген бул жарысқа жәми 40 қа жақын студентлер қатнасты. Филиал директоры Адилбай Есимбетов жарысты ашып берип, Президентимиз тәрепинен спорт тараўына қаратылып атырған жоқары итибар ҳәмде тараўда алып барылып атырған реформалар ҳаққында айтып өтти. Соның менен бирге қатнасыўшыларға жоқары кейпият пенен әўмет тиледи. Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы Е.Сейтмуратов ҳәм бөлим методисти А.Сейткамаловлар қатнасыўшыларды жарыс қағыйдалары менен таныстырып өтти. Қызғын бәсекилерге бай болған беллесиўлерде түрли салмақ категорияларында 1-курс студентлери атап айтқанда, Е.Нурмуханов, А.Даўленов, А.Уалибергенов, Р.Жанибеков, Ж.Қалхамановлар ҳәмде М.Сулаймановлар сыйлы 1-орынды ийелеп, жеңимпаз болды. 2-орын болса 3-курс студенти Н.Озодов ҳәмде 1-курс студентлери А.Қошқаров, И.Қосыбаев, А.Мырзабаев, И.Аўезбаевлар несип ектен болса, 3-курс студентлери М.Жумабаев, Р.Гайыпов, Ж.Яўмытбаев ҳәм Қ.Мамбеткаримов, 2-курс студенти А.Туркменбаев ҳәм 1-курс студентлери Ф.Раджапбаев, Ш.Ҳашимов, Қ.Сейтназаровлар 3-орынға мүнәсип деп табылды. Жеңимпазлықты қолға киргизген барлық студентлерди филиал директоры А.Есимбетов қызғын қутлықлап салтанатлы түрде медаллар, диплом ҳәмде баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.
скачать dle 12.1