Филиал студент жасларына үлги болған студент
Филиал студенти Парахат Тилеклесов Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) тәрепинен өткерилген «Арал теңизи регионының шорланған жерлеринде Инновациялық стартап жойбарлар» таңлаўында “Арал бойында балықшылықты раўажландырыў, сондай-ақ жоқ болып кетиў қәўпи астында турған балық түрлерин тиклеў” атамасындағы жойбары менен қатнасып 400 млн сум грант жеңип алғанлығы ҳаққында сайтымыз арқалы мәлим еткен едик. Филиалда қәбилетли студентлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм усындай белсенди студентлерди басқаларға үлги сыпатында көрсетиў, олар тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар менен студентлерди таныстырыў мақсетинде семинар шөлкемлестирилди. Оған оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров, филиал оқытыўшылары ҳәм Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигинде оқып атырған бир топар студентлер қатнасты. Филиал директоры А.Есимбетов семинарды ашып берип, тараўдың болажақ қәнигелери профессор-оқытыўшылардың берген билимлерин қунт пенен өзлестирип, әмелий көнликпелерин беккемлеп барыўын ҳәмде жаңа идеяларды илгери сүрип табысларға ерисиўге ҳәрекет етиўлери керек екенлигин айрықша атап өтип, филиал студентлеринен жәнеде белсенди болыўларын сорады. Сондай-ақ, П.Тилеклесовты және бир мәрте қутлықлап, алдағы жумысларында әўмет тиледи. Буннан соң П.Тилеклесов қатнасыўшыларға таңлаў ҳәмде жойбардың мақсети ҳаққында слайд арқалы толық түсиндирип берди. Бүгинги күнде жойбарды әмелге асырыў процеси ҳәм жумысларының барысы туўралы сөз жүритилди. Семинар сораў-жуўап тәризинде даўам етти. Мақсетлери тәрепке қарай дәслепки батыл қәдемлерин таслаған студентимиз филиал жаслары ушын жақсы үлги бола алды. Сол менен бирге ол өзиниң шығып сөйлеўи арқалы филиалда билим алып атырған студент досларына жақсы мотивация берди. Филиал директоры айтып өткениндей, алдағы ўақытта мине усындай қәбилетли студентлеримиздиң саны еледе артып барыўына тилеклеспиз!
скачать dle 12.1