Студентлер “Panaev Farms” фермер хожалығы искерлиги менен танысты
Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында билим алып атырған болажақ қәнигелерге сапалы билим бериў процесинде теориялық билимлерди әмелий көнликпелер менен беккемлеп барыў оғада әҳмийетли болып саналады. Сол себепли Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында билим алып атырған студент жаслар ушын турақлы түрде ислеп шығарыў кәрханалары ҳәм шарўашылық фермер хожалықларында әмелий сабақлар шөлкемлестирилип барылмақта. Атап айтқанда, филиалдың «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистенти Амина Торешова Зооинженерия:Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелигиниң екинши ҳәм үшинши курс студентлери менен биргеликте Қараөзек районындағы “Panaev Farms” фермер хожалығына барды. Бул жерде студентлер Тимур Панаев ҳәмде фермер хожалықтың қәнигелери тәрепинен күтип алынды. Дәслеп, “Panaev Farms” фермер хожалығы искерлиги ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Филиал студентлери улыўма жер майданы 7 гектарды қурайтуғын бул фермер хожалығында бағылып атырған шарўа ҳайўанларын азықландырыў рационлары менен жақыннан танысты. Қәнигелер тәрепинен қарамаллардың туяқларын тазалаў процеси әмелде көрсетип берилди. Сондай-ақ, сыйырларды саўыў залы менен танысып, сүт саўылыў процесин бақлады. Филиал студентлери фермер хожалық искерлигин толық үйренип, керекли мағлыўматларға ийе болды. Соны атап өтиў керек, буннан алдын А.Торешова филиал студентлери менен бирге бул жерге келип, әмелий сабақ шөлкемлестирген еди. Сүт өнимлерин қайта ислеўши “Panamilk” кәрханасының баслығы Т.Панаев пенен алдағы ўақытта филиал студентлери ушын семинар шөлкемлестириўге келисилди. “Panaev Farms” фермер хожалығына шөлкемлестирилген бул саяхат студентлерде шын мәнисте әжайип тәсирлерди қалдырды. Сол менен бирге жақсы әмелий көнликпелерге ийе болды.
скачать dle 12.1