“Жыл студенти–2021” таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды
Самарқанд қаласындағы “Жаслар орайы”нда жоқары оқыў орынлары студентлери ортасында “Жыл студенти” Республикалық таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Қәбилетли ҳәм ғайратлы жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды хошаметлеў мақсетинде өткерилетуғын бул таңлаўда быйыл 7000 нан аслам студент қатнасты. Соннан жоқары оқыў орынларынан жәми 427 ҳүжжет республикалық басқышына сайлап алынды.
Таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышы Жумысшы топар ағзалары тәрепинен онлайн тәризде өткерилди ҳәм Шөлкемлестириўши комитеттиң жуўмақлаўшы шешимине көре 21 студент жеңимпазлықты қолға киргизди.
“Жылдың өз қәнигелиги бойынша ең билимдан студенти” номинациясы:
1-орын – Маъруфжон Полатов, Әндижан мәмлекетлик медицина институтының студенти;
2-орын – Нуриддин Қурбонов Ферғана жәмийет саламатлығы медицина институтының студенти;
3-орын – Нурсултан Шайхисламов, Ташкент ўәлаяты Чирчиқ мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти.
“Жылдың ең белсенди ойлап табыўшы-инноватор студенти” номинациясы:
1-орын – Абдурауф Абдурашидов, Әндижан мәмлекетлик медицина институтының студенти;
2-орын – Мадина Қаххарова, Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң студенти;
3-орын – Исламбек Рахманбердиев, Ферғана политехника институтының студенти.
Басқа номинациялар бойынша жеңимпазларды сайтымыз арқалы жарытамыз.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1