Таңлаў өз жуўмағына жетиўине 9 күн қалды
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң логотибин жаратыў бойынша таңлаў жәрияланғанлығы ҳаққында министрликтиң рәсмий телеграм каналы арқалы хабар берилген еди. Өткен дәўир ишинде студент-жаслардан 500 ге жақын жойбар келип түсти. Таңлаў өз жуўмағына жетиўине 9 күн ўақыт қалды.
Әзиз жаслар!
Сизде креатив ҳәм өзине тән идея барма? Мәрҳамат таңлаўда қатнасың ҳәм Apple iPhone 12 Pro Max смартфонын қолға киргизиң.
Таңлаўға техникум, академиялық лицейлердиң оқыўшылары ҳәм студентлер соның менен бирге 30 жасқа шекем болған изертлеўшилеримиз қатнасыўлары мүмкин.
Таңлаўға жойбарлар усы жылы 25-февраль сәнеси саат 23:59 ге шекем logo@edu.uz электрон почта мәнзилинде қабыл етиледи.
Жеңимпаз 2021-жыл 2-мартта жәрияланады.
Таңлаў шәртлери менен танысыў: https://t.me/eduuz/4147
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1