«Биз жаслар нәшебентликке қарсымыз!»
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында «Биз жаслар нәшебентликке қарсымыз!» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди. Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жынаят қыдырыў басқармасы баслығы оператив ўәкили Ф.Азгаров, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят қыдырыў басқармасы бөлими баслығы оператив ўәкили А.Таңирбергенов ҳәм Б.Ходжаметов, Қарақалпақстан Республикасы АИЖСна қарсы гүресиў орайы дерматолог шыпакери Э.Төремуратова ҳәмде филиал студентлери қатнасты. Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Е.Сейтмуратов илажды ашып берип, қатнасыўшыларға келген мийманларды таныстырып өтти. Буннан соң Ф.Азгаров сөзге шығып, нәшебентликтиң унамсыз ақыбетлери, жаслардың туўры жолдан адасып, жынаятқа қол урыўы усындай иллетлер менен байланыслы екенлиги туўралы айтып, керекли мағлыўматларды берип өтти. Э.Төремуратова болса нәшебентлер көбинесе бир шприцтен пайдаланғаны ақыбетинде АИЖСна шатылыўы ҳәмде бул кеселликтиң келип шығыўы ҳәм жуғыў жоллары туўралы толық мағлыўмат берип өтти. Ушырасыў даўамында студент жасларда жәнеде кең түсиник пайда етиў мақсетинде темаға бағышланған социаллық видеоролик қойып берилди. Сондай-ақ, студент жасларға буклетлер тарқатылды. Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшылар темаға байланыслы ҳәр түрли сораўлар менен қәнигелерге мүрәжат етип, жуўаплар алды. Әҳмийетлиси студент жаслар кең түсиник ҳәмде керекли мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1