Жоқары билимлендириў системасында бир қатар тайынлаўлар әмелге асырылды
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң буйрықлары менен министрлик ҳәм жоқары оқыў орынларындағы баслық лаўазымларына тәжирийбели қәнигелер қабыл етилди. Атап айтқанда:
Далимов Фаррух Рахимджанович Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Инвестициялық жойбарларын қәлиплестириў ҳәм мониторинг етиў басқармасы баслығы лаўазымына;
Камбаров Жамолиддин Хикматиллаевич Ферғана политехникалық институтының оқыў ислери бойынша проректоры лаўазымына;
Шукуров Раҳматилло Мирзатиллаевич Ферғана мәмлекетлик университети оқыў ислери бойынша проректоры лаўазымына;
Набиулина Луиза Махмудовна Ташкент қаласындағы Беларусь-Өзбекстан қоспа тармақлараралық техникалық квалификациялар институты орынлаўшы директорының илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1