Қытай инвестициясы тийкарында Кегейлиде Пекин үйреги жетистириледи
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетинде Қытай Халық Республикасының TIANJIN KAITENG INVESTMENT GROUP CO. LTD. компаниясының ўәкили профессор Ванг Венджие менен онлайн ушырасыў болып өтти. Бул ҳаққында комитеттиң мәлимлеме хызмети хабар берди. Сәўбетлесиў даўамында Қарақалпақстан Республикасында «Аўыл хожалығы илимий-ислеп шығарыў парки – көп тармақлы кластер» шөлкемлестириў жойбарын жеделлестириў мәселеси көрип шығылды.
Бул жойбар шеңберинде шарўашылық фермалары, тәжирийбе хожалықлары, жем ислеп шығарыў фабрикалары, ветеринария дәри-дармақлары ҳәм азықлық қосымшалар фабрикасы минерал төгин ҳәм пестицидлер ислеп шығарыў заводы, азық-аўқат фабрикалары, терини қайта ислеў заводы, логистика ҳәм саўда тармақлары қурылыўы режелестирилген. Буның ушын Кегейли районынан жер ажыратылып, Қытайдан азықлық егинлердиң туқымын елимизге алып келиў бойыныша жумыслар шөлкемлестирилмекте. Жойбар 2021-2024-жылларға мөлшерленген. Улыўмалық баҳасы 90 млн. АҚШ доллары болып, 450 ден артық жумыс орны жаратылыўы менен әҳмийетли болып табылады. Егер жойбар толық қуўат пенен жумыс ислесе, жәми 20 мың бас ири шақлы мал бағылыўы менен бирге жылына 5 млн бас Пекин үйреги жетистириледи. Ушырасыў жуўмағында өзбек-қытай жумысшы топары қәлиплестирилип, Чин делегациясы келемен дегенше жойбарды әмелге асырыўдың дәслепки басқышын баслаўға келисилди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1