Филиалда Әлийшер Наўайы туўылғанының 580 жыллығына бағышланған илаж өткерилди
Бәршемизге белгили, 9-февраль уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы дүньяға келген күн. Орынларда шайыр туўылғанының 580 жыллығы кең түрде белгиленбекте. Атап айтқанда, Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында Әлийшер Наўайы туўылғанының 580 жыллығына бағышланған “Наўайы ҳәм жаслар” атамасында көркем әдебий кеше өткерилди. Оған Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң “Өзбек тили ҳәм әдебияти” кафедрасы ассистенти И.Кучкаров, Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети баслығының жәрдемшиси Н.Шарибаев, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслар қатнасты. Филиал директоры Адилбай Есимбетов кешени ашып берип, Әлийшер Наўайы туўылғанының 580 жыллығы мүнәсибети менен бәршени қызғын қутлықлады. Буннан соң И.Кучкаров сөзге шығып Мир Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳәм шығармалары ҳаққында толық түрде айтып өтти. Илаж филиал студентлери тәрепинен таярланған әдебий кеше менен даўам етти. Олар ғәзел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының рубайы ҳәм ғәзеллерин көркемлеп айтып берди. Оның дөретиўшилиги қәлбимизден терең орын алған. Шайырдың дөретиўшилигин үйрениў ҳәм филиал студентлери арасында үгит-нәсиятлаў мақсетинде усы сыяқлы илажлар шөлкемлестирип келинбекте. Республикамыз бойлап кең түрде белгиленип атырған Әлийшер Наўайы туўылғанының 580 жыллығы филиалымызда да жоқары кейпиятта болып өтти.
скачать dle 12.1