“Биз шаңарақтағы ажырасыўларға қарсымыз!”
Филиалдың Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 2-курс студентлериниң қатнасыўында «Биз шаңарақтағы ажырасыўларға қарсымыз!» темасында семинар шөлкемлестирилди. Оған топар басшысы Ж.Халмуратова ҳәм студентлер қатнасты. Семинарды филиал психологы М.Алламуратова алып барды. Семинар басында студентлерге шаңарақ муқаддес дәргай екенлиги, ол жерде перзентлер ҳәм ата-аналар аўызбиршиликте турмыс кешириўи ҳәм ажырасыўлардың алдын алыў мәселелери, сондай-ақ, олардың келип шығыў себеплери ҳаққында түсиник берилди. Сыр емес, бул тема актуал саналады. Әсиресе, жаслар арасында арзымаған себеплер менен гирбиңсиз арзыўлар менен қурылған шаңарақларды бузып, үлкен қәтеге жол қойыў жағдайлары ушыраспақта. Сол себепли психолог тәрепинен филиал студент жасларына бул тема бойынша семинар шөлкемлестирилип, шаңарақтағы ажырасыўлардың тийкарғы себеплери, олардың алымлар тәрепинен үйренилген нәтийжелери ҳәмде шаңарақ қурыўдың жуўапкершилиги ҳаққында толық түрде айтып өтилди. Соның менен бирге санлар арқалы мағлыўматлар келтирип өтилди. Семинар даўамында студент жаслар өзлериниң пикирлерин билдириў менен биргеликте, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Топар басшысы Ж.Халмуратова темаға байланыслы турмыслық мысалларды келтирип өтти. Мағлыўмат ушын, Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматларына жүзленетуғын болсақ, 2020 жылда дизимге алынған ажырасыўлар санына көре, ҳәр мың шаңараққа салыстырғанда ең кем некеден ажырасқанлар Қарақалпақстан Республикасы (0,5), Қашқадәрья (0,6), Хорезм (0,6) ҳәм Сурхандәрья (0,6) ўәлаятларында гүзетилген.
скачать dle 12.1