Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланды
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен 2017–2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик бағдарламасы тастыйықланды.
Бағдарламаға муўапық, жасларды қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғаўға мүтәж студентлерди қорғаў системасын жеделлестириў, социаллық әдалат принципин тәмийинлеў мақсетинде 2021/2022-оқыў жылынан баслап:
—жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған 200 жаслар ушын Өзбекстан Республикасы Президенти гранты енгизиледи;
—жоқары оқыў орынларында еки ҳәм оннан аслам перзенти шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға тәлим кредитин бериў ҳәм студент тәрепинен бул кредитти оқыў дәўири тамамланғаннан соң қайтарыў әмелияты жолға қойылады;
—жоқары билимлендириўге ажыратылған мәмлекетлик грантларының саны 25 процентке ҳәмде мүтәж шаңарақлардың перзенти болған ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик грантлары саны 2 есеге көбейтиледи;
—жеке меншик жоқары оқыў орынларында қәнигелерди таярлаўға мәмлекетлик грантын бериў системасы енгизиледи;
—академиялық дем алыс алыўды қәлеўши студентлер өз ықтыярына муўапық академиялық дем алыс мүддетине билимлендириўдиң сыртқы ҳәм аралықтан оқытыў түрине өткерилип (егер жоқары оқыў орынларында бундай билимлендириўдиң түрлери бар болса), оларға үзликсиз өз бетинше билим алыў имканияты жаратылады;
—илимий атақ ҳәм илимий дәрежелерди бериў ўәкиллиги 2021-жыл 1-сентябрьден баслап республиканың абырайлы жоқары оқыў орынларының илимий кеңеслерине басқышпа-басқыш өткериледи.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1